
2026-жыл 15-октябрь күни "15-октябрь - Халықаралық аўыл ҳаяллары күни" мүнәсибети менен районымыздағы бир қатар аўыл ҳаялларымызды Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери шын кеўилден қутлықлады. Мийнет сүйгишлик, мәртлик ҳәм мийрим-шәпәәт тымсалы болған аўыл ҳаяллары турмыстағы барлық тараўларда - шаңарақта, атызда, билимлендириўде, ден саўлықты сақлаўда, жәмийеттиң раўажланыўында өз орны ҳәм өз үлеси бар, аўыл хожалығы тараўындағы хызмет етип киятырған ҳаял-қызларға миннетдаршылық билдирилди.
https://t.me/xojeli_hayalqizlar









