1/14Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районындағы алыс Қумбасқан аўылында болып, социаллық реестрине киргизилген шаңарақлар менен ушырасты.
Ушырасыўда шаңарақлардың дәрамат дереклерин көбейтиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Онда ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен халықтың абаданлығын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен ажыратылып атырған субсидиялар, олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм бар болған жеңилликлер түсиндирилди. Шаңарақлардың имканиятлары ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, шарўашылық, қусшылық ҳәм үй шараятында киши бизнести жолға қойыў арқалы турақлы дәрамат табыў имканиятлары көрсетип берилди.
Ушырасыў даўамында шаңарақлардың исбилерменлик жумысын баслаўы ҳәм раўажландырыўы ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер де тапсырылды. Бул болса олардың өз мийнети арқалы дәрамат табыўы, шаңарақлық бюджетин беккемлеўи ҳәм турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етеди.
Социаллық реестрдеги шаңарақларға бириктирилген басшыларға ҳәр бир шаңарақ пенен мәнзилли ислесиў, бар болған машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди. Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаў, шаңарақлардың турақлы дәрамат дереклерин қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Әмелге асырылып атырған бундай жумыслардың тийкарғы мақсети — ҳәр бир шаңарақтың өз имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўына жәрдемлесиў, адамларды дәраматлы мийнетке тартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўдан ибарат. Әлбетте, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар Қумбасқан аўылы турғынлары ушын да жаңа имканиятлар есигин ашып береди.
Буннан кейин анық илажлар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.
___
Жўқорғи Кенгес Раиси олис Қумбоскан овулида аҳоли билан учрашди
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Тўрткўл туманидаги олис Қумбоскан овулида бўлиб, ижтимоий реестрига киритилган оилалар билан учрашди.
Учрашувда оилаларнинг даромад манбаларини кўпайтириш ва бандлигини таъминлаш масалаларига алоҳида эътибор қаратилди. Унда ҳурматли Президентимиз ташаббуси билан аҳоли фаровонлигини ошириш, тадбиркорликни ривожлантириш ҳамда оилаларни қўллаб-қувватлаш борасида яратилаётган имкониятлар ҳақида сўз юритилди.
Шунингдек, давлат томонидан ажратилаётган субсидиялар, улардан фойдаланиш тартиби ва мавжуд имтиёзлар тушунтирилди. Оилаларнинг имкониятлари ва қизиқишларидан келиб чиқиб, чорвачилик, паррандачилик ҳамда уй шароитида кичик бизнесни йўлга қўйиш орқали барқарор даромад топиш имкониятлари кўрсатиб берилди.
Учрашув давомида оилаларнинг тадбиркорлик фаолиятини бошлаши ва ривожлантириши учун зарур бўлган асбоб-ускуналар ҳам топширилди. Бу эса уларнинг ўз меҳнати орқали даромад топиши, оилавий бюджетини мустаҳкамлаши ва турмуш шароитини яхшилашига хизмат қилади.
Ижтимоий реестрдаги оилаларга бириктирилган раҳбарларга ҳар бир хонадон билан манзилли ишлаш, мавжуд муаммоларни ўрганиш ҳамда уларни ҳал этиш бўйича аниқ топшириқлар берилди. Белгиланган вазифаларнинг ижросини назорат қилиш, оилаларни камбағалликдан чиқариш ва уларнинг доимий даромад манбаларини шакллантириш муҳимлиги таъкидланди.
Амалга оширилаётган Бу каби ишлар дан асосий мақсад — ҳар бир оиланинг ўз имкониятларидан самарали фойдаланишига кўмаклашиш, одамларни даромадли меҳнатга жалб этиш ва аҳоли фаровонлигини оширишдан иборат. Албатта, у борада амалга оширилаётган ишлар Қумбоскан овули аҳолиси учун ҳам янги имкониятлар эшигини очиб беради.
Бундан кейин аниқ чора-тадбирлар ва вазифалар белгилаб олинди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube









