📚 САБАҚ БӨЛИСТИРИЛИЎИНЕН НАРАЗЫСЫЗБА: ҚАЙ ЖЕРГЕ МҮРӘЖАТ ЕТИЎ КЕРЕК?
Әмелият соны көрсетеди, сабақ бөлистириў бойынша келиспеўшилик көпшилик жағдайларда ол келип шыққан мектептиң өзинде шешилмейди. Себеби бөлистириўди әмелге асырған педагогикалық кеңес ҳәм мектеп басшылығынан өз қарарын бийкарлаў соралады.
Деген менен, дәслеп директор атына жазба мүрәжат етип, сабақларды Реже (3271) ниң 15-16-бәнтлери тийкарында қайта көрип шығыўды, педагогикалық кеңес протоколы ҳәм тарификация дизиминен көширме бериўди сораң.
Егер мәселе шешилмесе, төмендеги уйымларға мүрәжат етиўиңиз мүмкин:
1. Аймақлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими ямаса басқармасы
Реже (3271)ниң 20-бәнтине бола, мектеп муғаллимлер ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм сабақ саатларын электрон бағдарламаға киргизеди. Режениң 21-24-бәнтлерине муўапық болса тарификация дизими усы бөлимге көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын жибериледи. Бул уйым тек ғана улыўма қадағалаўшы уйым емес, ал тарификациялық дизимди тиккелей көрип шығатуғын ҳәм тастыйықлайтуғын ўәкилликли уйым есапланады.
2. Мәмлекетлик мийнет ҳуқықы инспекторы
Сабақ саатларының тийкарсыз қысқартылыўы хызметкердиң мийнет шараятлары ҳәм мийнет ҳақысына тәсир етеди, сол себепли бул жағдай мийнет ҳуқықының бузылыўы сыпатында Мәмлекетлик мийнет инспекциясында да көрип шығылыўы мүмкин.
3. Аймақлық әдиллик органлары
ПҚ-3666-санлы қарарына 1-қосымшада тастыйықланған режениң 9-бәнти және 10-бәнтиниң 6-киши бәнтине бола, әдиллик уйымлары пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый қорғаў илажларын көреди.
4. Аймақлық финанс органлары
Режениң (3271) 21-24-бәнтлерине бола, тарификация дизими экономика ҳәм қаржы уйымына да жибериледи. Кемшилик анықланса, ол тастыйықланбайды ҳәм қайта ислеў ушын мектепке қайтарылады.
📎 Мүрәжатқа диплом, қайта таярлаў дипломы, маманлық категориясы ҳәм сертификат нусқалары, педагогикалық кеңес протоколы, тарификация дизими ямаса сабақ бөлистириўге байланыслы бар дәлиллерди қосымша
https://t.me/Yurist_Awezbekov❇️Каналға қосылыў 👇👇👇