⁉️ Хызметкерлер кәсиплик аўқамына ағза болыўдан ўаз кешсе болама
❓ Хызметкер кәсиплик аўқамына ағза болыўдан бас тартыўы мүмкинбе, яғный 1% айлығын төлемеўи мүмкин бе? Ҳәм бул қалай әмелге асырылады? Қайси нызам тийкарында?
📎 "Кәсиплик аўқамлары ҳаққындағы нызам" ға муўапық кәсиплик аўқамы хызметкерлердиң мийнетке байланыслы, басқада социаллық-экономикалық ҳуқықлары менен мәплерин билдириў ҳәмде қорғаў мақсетинде ҳәрекет етеди.
Яғный, аўқамның мақсети хызметкерлерге материаллық жәрдем ямаса басқада жеңилликлер бериў емес, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдан ибарат.
Кәсиплик аўқамы өзиниң қаржыларынан келип шыққан ҳалда хызметкерлерге байрамлар мүнәсибети менен ҳәр қыйлы саўғалар бериўи, саяхатлар шөлкемлестириўи мүмкин. Бунда айтылғанындай, бул қәрежетлерге қаржы бар болған жағдайда қолланылады.
📌 Енди қараң! Өзбекстан Республикасы Конституциясының 73-статьясында кәсиплик шөлкемлерине ағза болыў ықтыярлы екенлиги беккемленген.
🔖 Сондай-ақ, жокарыдағы Нызамның 7-статьясында нәзерде тутылған ыктыярыйлық принцпине тийкар, пуқаралар өзлериниң нызамлы мәплерин қорғаў ушын өз таңлаўына бола ықтыярлы түрде кәсиплик аўқамларын дүзиў, оларға ағза болыў, кәсиплик аўқамының жумысы менен шуғылланыў ҳәм кәсиплик аўқамларына ағзалықтан шығыў ҳуқықына ийе екенлиги, соның менен бир қатарда, пуқаралардың кәсиплик аўқамларына бирлесиўге болған ҳуқықын әмелге асырыўға тосқынлық етиўге, сондай-ақ оларды кәсиплик аўқамына ағза болыўға ямаса ағзалықтан шығыўға мәжбүрлеўге жол қойылмаслығы белгиленген.
Буннан тыскары, Нызамның 18-статьясына муўапық жумыс бериўши кәсиплик аўқамының ағзалары болған хызметкерлердиң жазба арзалары бар болғанда кәсиплик аўқамының тийисли есабына хызметкерлердиң мийнет ҳақысынан услап қалынған кәсиплик аўқамына ағзалық төлемлерин, егер жәмәәт шәртнамасында, келисиминде усындай қағыйда нәзерде тутылған болса, өз ўақтында өткериўи шәрт. Соған бола, төлем пулын төлеў ықтыярлы.
✔️ Жуўмақлап айтқанда, усы шөлкемнен биймәлел шығыў мүмкин. Буған ҳеш қандай шеклеў жоқ.
📱
https://www.instagram.com/advokat_alaminov?igsh=ZGdkaWdsaG9rcndlv❇️Каналға қосылыў 👇👇👇