ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ Telegram channel photo

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

@adillikadvokatiPublic Channel

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов Телефон: +998 90 574 44 47 Телеграм: @AmangeldiAbatov Группа: @adillkadvokatigroup

1.2k

Last views

23.2k (23,236 subscribers)
A'zolar
—
Rating
78
Total Posts
Oct 13, 2026, 11:17 AM
Yangilangan
Mar 31, 2026
Created
Stats

Siz o'zbek tilidagi kontentni ko'rmoqdasiz. Boshqa tillardagi kontentni ko'rish uchun sayt tilini o'zgartiring.

Channel Information

Channel Information
Channel NameӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
Username@adillikadvokati
CategoryMatka va lotereya
Languageo‘zbek
CountryOʻzbekiston
A'zolar23,236
Channel TypePublic Channel
Created31-mar, 2026
Last Updated13-okt, 2026 • 10 kun oldin
StatusActive

Reyting

Global reyting
#428651-672
Til reytingi
#2184-2
Toifa reytingi
#9645-10

Obunachilar sonining o'sishi

Jami: 23.2K30 Days growth: -9213.8%
09/1409/1909/2409/2910/0410/0910/13
Obunachilar sonining o'sishi - 30 Days
DateSubscribers
14:09:202624,157
15:09:202624,157
16:09:202623,895
17:09:202623,895
18:09:202623,895
19:09:202623,895
20:09:202623,895
21:09:202623,895
22:09:202623,895
23:09:202623,895
24:09:202623,895
25:09:202623,895
26:09:202623,895
27:09:202623,895
28:09:202623,895
29:09:202623,895
30:09:202623,895
01:10:202623,895
02:10:202623,895
03:10:202623,895
04:10:202623,895
05:10:202623,895
06:10:202623,895
07:10:202623,895
08:10:202623,895
09:10:202623,895
10:10:202623,895
11:10:202623,895
12:10:202623,895
13:10:202623,236
Obunachilar sonining o'sishi - Weekly
DateSubscribers
Week of 30:03:202629,519
Week of 06:04:202628,890
Week of 13:04:202628,351
Week of 20:04:202627,741
Week of 27:04:202627,741
Week of 04:05:202627,741
Week of 11:05:202627,267
Week of 18:05:202627,267
Week of 25:05:202627,267
Week of 01:06:202626,799
Week of 08:06:202626,799
Week of 15:06:202626,502
Week of 22:06:202626,187
Week of 29:06:202626,187
Week of 06:07:202626,187
Week of 13:07:202625,645
Week of 20:07:202625,349
Week of 27:07:202625,148
Week of 03:08:202625,148
Week of 10:08:202625,148
Week of 17:08:202624,691
Week of 24:08:202624,396
Week of 31:08:202624,157
Week of 07:09:202624,157
Week of 14:09:202623,895
Week of 21:09:202623,895
Week of 28:09:202623,895
Week of 05:10:202623,895
Week of 12:10:202623,236
Obunachilar sonining o'sishi - Monthly
DateSubscribers
March 202629,770
April 202627,741
May 202627,267
June 202626,187
July 202625,349
August 202624,396
September 202623,895
October 202623,236
Obunachilar sonining o'sishi - Yearly
DateSubscribers
202623,236

Top 10 posts

Most viewed posts from this channel

By views
  1. #1🌙️ Рамазан ҳайыты мүбәрек болсын!12.5K
  2. #2⁉️ 1-апрельден тек ғана ГАИ хызметкерлери жазған жәриймаға емес, ал ка7.8K
  3. #3⚡️Нөкис қаласындағы бақшалар да 13-18-июль күнлери жабылады7.4K
  4. #4❗️Алимент төлеўшилердиң дәрти7.2K
  5. #5#Рәсмий7.2K
  6. #6Шекспир айтқан еди:7.1K
  7. #7⁉️ Паспортымызда ЖШШИР 14 цифр нени аңлатады7.0K
  8. #8📝 Тилхат пенен үйди сатып алыў мәселеси6.8K
  9. #9⚡️Президент пәрманы: Эркинжон Турдимов бас министрдиң биринши орынбаса6.7K
  10. #10⁉️ Хызметкерлер кәсиплик аўқамына ағза болыўдан ўаз кешсе болама6.7K

So'nggi postlar

Video
#Дыққат

❗️Енди ҳәким мектеп директорларын шақырып мәжилис өткере алмайды

Билимлендириў ҳәм илим министри Эркинжон Турдимовтың айтыўынша, енди бирде-бир мектеп директоры жыйналысқа шақырылмайды. "Барлық район ҳәкимлерине жеткериңлер, шақырмақшы болса биринши министрликтен руқсат сорайды" – деди министр.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
1,2200015
«Машқалаңды шешип беремен» деп алдаўшылық пенен ақшамды алды. Енди «арза жазсаң, өзиң жуўапкер боласаң» деп қорқытып атыр. Ақшамды қайтарып ала аламан ба?

Жуўапкершилик. Егер ақшаны лаўазымлы шахсқа пара ретинде бериў ушын тапсырған болсаңыз, оны алған адам ақшаны өзинде алып қалған жағдайда да, сизиң ҳәрекетиңиз пара бериўге урыныў деп баҳаланыўы мүмкин.

Ал пара бериў мақсети болмаған болса, тек ақша бергенниң өзи Жынаят кодексиниң 211-статьясы бойынша жуўапкершиликке тийкар болмайды.

Жуўапкершиликтен азат етилиў. Жынаят кодексинин 211-статьясына муўапық, егер сизден пара талап етип алынған болса ҳәм жынайый ҳәрекеттен кейин 30 сутка ишинде өз ықтыярыныз бенен хабар берсеңиз, шын кеўилден пушайманлық билдирсеңиз ҳәм жынаятты ашыўға белсене жәрдем көрсетсеңиз, жуўапкершиликтен азат етиў маселеси қаралады. Тек арза бериўдиң өзи жетерли емес.

Ақшаның тәғдири. Алдаўшылық пенен алынған ақша, әдетте, ийесине қайтарылады. Бирақ ақша ийеси оны өз басламасы менен, пара екенин биле тура берген болса, ақша қайтарылмай, мәмлекет пайдасына өткерилиўи мүмкин. Жуўапкершиликтен азат етилиў ақшаның сөзсиз қайтарылатуғынын аңлатпайды.

Не ислеў керек? Хат-хабарларды ҳәм ақша берилгенлигин дәлийиллеўши ҳужжетлерди сақлаң. Болған ўақыяны ҳуқықты қорғаўшы уйымларына толық айтып түсиндириўге ҳәрекет қылың. Егер сизге қарата айыплаў мәселеси көтерилсе, адвокат пенен мәсләҳәтлесиӊ!

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
2,0900011
❗ Нызамсыз ескертиў

♦️ Мийнет кодексиниң 165-статьясы биринши бөлимине бола хызметкерлер саны қысқарғанда мийнет шәртнамасы бийкар етилетуғын хызметкер 2 ай алдын ескертилиўи керек.

♦️ Итибар бериң, мийнет шәртнамасы бийкар етилиўи анық болған хызметкерлер ескертилиўи керек.

Көпшилик буған итибар берместен шөлкемдеги барлық хызметкерлерге яки бир бөлимде штат қысқарып атырған болса, бөлимдеги барлық хызметкерлерге ескертиў хатын берип, нызам бузылыўына жол қояды.

‼️ Ескертиўден алдын жумыс бериўши жумыста қалыўдағы жеңиллетилген ҳуқыққа ийе болған хызметкерлерди анықлаўы, бос жумыс орынларын усыныўы сыяқлы миннетлемелерди орынлағаннан соң, мийнет шәртнамасы бийкар етилетуғын хызметкерлер дизими анық болады.

⁉ Нызамсыз ескертиўдиң ақыбетлери қандай болады:

➖ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясында көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислеген есапланады ҳәм жәрийма қолланыўға тийкар болады;

➖ хызметкерге руўхый зыян жеткериледи, оны суд арқалы өндирип алыў мүмкин болады;

➖ ескертиў дәўиринде ҳәптеде бир күн жумысқа шықпаған дәўирде төленген орташа ис ҳақы нызамсыз деп табылады;

➖ жумысқа тиклеўге тийкар болады.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
2,490007
#Дыққат

Оқыўшы-студентлер ҳәм педагоглар ҳәр жылы психологиялық диагностикадан өткериледи.

Өзбекстандағы барлық билимлендириў шөлкемлериндеги тәрбияланыўшылар, оқыўшылар ҳәм студентлер және тәрбияшылар ҳәм педагоглар ҳәр оқыў жылында кеминде бир мәрте психологиялық диагностика өткерилетуғын болды.

Президент қарарына бола, диагностика нәтийжелери жасалма интеллектте талланып, оқыўшы ҳәм педагоглар үш топарға ажыратылады. Руўхый қоллап-қуўатлаўға мүтәж деп табылғанларға ментор психолог бириктириледи.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
3,3200016
Video
Өмирин күни-түни мал-дүнья жыйнаў менен өткерди... Ҳәм тосаттан өлим алып кетти.

Қолындағы дүньясынан пайдаланбады яки ақырети ушын әмел қылып қалмады...

Енди мал-дүньясы өзгелердики, есабын болса өзи береди...

Анас Салиҳ

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
3,7500030
⚖️ КӘСИПЛИК АЎҚАМЫ КЕЛИСИМИ ҲӘР ҚАШАН ДА КЕРЕК ЕМЕС!

Сораў: ЖШЖ хызметкерин жумыс бериўшиниң басламасы менен жумысынан босатыўдан алдын кәсиплик аўқамының келисимин алыў шәрт пе?

Жуўап: Ҳәр дайым емес!
Егер шөлкемде кәсиплик аўқамы да, жәмәәтлик шәртнама да, жәмәәтлик келисим де болмаса, кәсиплик аўқамы комитетинен алдын ала келисим алыў талап етилмейди.

📌 Келисим алыў талабы нызамның өзинен емес, жәмәәтлик шәртнама ямаса жәмәәтлик келисимнен келип шығады. Мийнет кодексиниң 164-статьясына муўапық, кәсиплик аўқамы комитетиниң алдын ала келисими усы ҳүжжетлерде бундай талап белгиленген жағдайда ғана талап етиледи.

❗️ Бирақ келисим талап етилмеўи жумыс бериўшиниң хызметкерди қәлегенинше жумысынан босата алатуғынын аңлатпайды!

Жумысынан босатыў ушын нызамлы тийкар болыўы, ол ҳүжжетлер менен тастыйықланыўы ҳәм белгиленген тәртипке әмел етилиўи шәрт.

✅ Жуўмақ: кәсиплик аўқамы келисими мәселесинде, ең алды менен, жәмәәтлик шәртнама ҳәм жәмәәтлик келисимди тексериң. Олар болмаса, келисим алыў мәселеси күн тәртибине қойылмайды, бирақ жумысынан босатыў тийкарына ҳәм тәртибине әмел етиў мәжбүрияты сақланады.

📚 Ҳуқықый тийкар: Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 164-статьясы; «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы Нызамның 30-статьясы.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

Telegram

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ ⚖

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди АбатовТелефон: +998 90 574 44 47Телеграм: @AmangeldiAbatovГруппа: @adillkadvokatigroup

VIEW CHANNEL
3,8300010
❗️БҮГИН СИЗ БАСШЫСЫЗ...

Бир ойлап көриң: бүгин сизге тәжим етип атырғанлар сизди ҳүрмет етпекте ме яки лаўазымыңызды ма?

Бүгин есигиңиз алдында нәўбетлер, ертең болса үнсизлик болыўы мүмкин. Бүгин сизге умтылып атырғанлар ертең сизди танымай қалыўы мүмкин.

Бир күн келип кабинетиңизди босатасыз, хызмет машинасының гилтин тапсырасыз. Бирақ адамлардың жүрегинде қалдырған изиңизди ҳеш ким сизден тартып ала алмайды.

Сол ушын мәртебеңизге сүйенбең — адамгершилигиңизге сүйениң. Күшиниз барда адамларды кемситпең, қолыңызда имканият барда биреўдиң ҳуқықын аяқ асты етпең.

Себеби, лаўазым, ҳәмел инсанды уллы етпейди. Инсанның өзи ҳәмелге қәдир береди.

Есте сақлаң: бир күн лаўазымнан кетесиз. Бирақ адамлар сизди я жақсы инсан ретинде еслейди, я ҳеш қашан еслеўди қәлемейди.

Сондай басшы болың, кеткениңизде кабинетиниз босасын, бирақ орныңыз сезилип турсын!

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
5,2000064
Photo
❗️МИЙНЕТ КОДЕКСИНЕ ЖУМЫСТАН БОСАТЫЎДЫҢ ЖАҢА ТИЙКАРЫ ҚОСЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасының 2026-жыл 14-октябрьдеги ӨРН-1180-санлы Нызамының 9-статьясы менен Мийнет кодексиниң 161-статьясының, яғный Жумыс бериўшиниң басламасы менен мийнет шәртнамасын бийкар етиўге байланыслы статьяның екинши бөлими төмендеги мазмундағы 5-1-бәнт пенен толықтырылды:

"5-1) баланы тәрбиялаў ҳәм оған билим бериў бойынша миннетлемелер өзине жүкленген билимлендириў шөлкеминиң хызметкериниң балаға зорлық ислегенлиги ушын жуўапкершиликке тартылыўы."

Демек, бул тийкар ушын төмендегилер бир ўақытта болыўы керек:

➖ хызметкер билимлендириў шөлкеминде ислейди;
➖ оның мойнына баланы тәрбиялаў ҳәм оған билим бериў миннетлемелери жүкленген;
➖ ол балаға қарата зорлық ислегенлиги ушын жуўапкершиликке тартылған.

Балаға қол көтерген билимлендириў хызметкери енди жаза менен бирге жумыс орнынан да айырылыўы мүмкин.

👉 Билимлендириў тараўындағы кәсиплеслериңизге жибериң.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
4,7400020
Photo
⚡️РӘСМИЙ! 27-ДЕКАБРЬ — АДВОКАТУРА КҮНИ!

Бүгин, 2026-жыл 16-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы Басқармасының 12-санлы мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте 27-декабрь күнин "Адвокатура күни" — адвокатлардың кәсиплик байрамы сыпатында ҳәр жылы белгилеў белгиленди.

Бул қарар адвокатура институты, адвокатлық кәсибиниң жәмийеттеги орны ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўдағы әҳмийетин тән алыў жолындағы айрықша қәдем болып есапланады.

Барлық адвокат кәсиплеслеримизди усы тарийхый ўақыя менен шын жүректен қутлықлайман!

Адвокатлық кәсибине садықлық, жумысымызда беккем күш-ғайрат, кәсиплик бирлик ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў жолында үлкен табыслар тилеймен!

Адвокатура раўажлансын, әдиллик ҳәм нызам үстин болсын!

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
2,2900016
⚖️ МИЙНЕТ ДЕМ АЛЫСЫНДА НАЎҚАС БОЛСАҢЫЗ, КЕСЕЛЛИК БЕТИ БЕРИЛЕ МЕ?

❗️Поликлиника "Сиз дем алысдасыз, соның ушын мийнетке жарамсызлық бети ашылмайди," деп тартып атыр ма? Бул себеп ҳәр дайым да нызамлы емес!

📌 Нызамшылыққа муўапық, жыллық тийкарғы ҳәм қосымша мийнет дем алысы дәўиринде де мийнетке жарамсызлық бети улыўма тийкарларда бериледи.

⚖️ Ҳуқықый тийкар: Мийнетке жарамсызлық бетлерин бериў тәртиби ҳаққындағы Қолланбаның 18-бәнти.

✅ Демек, ҳақы төленетуғын жыллық мийнет дем алысында наўқас болып қалсаңыз, мийнетке жарамсызлық бетин бериўден бас тартыўы мүмкин емес.

Әлбетте, буның ушын медициналық тийкарлар бар болыўы керек.

❗️Бирақ мийнет ҳақысы сақланбаған дем алыста болса басқа қағыйдалар қолланылады.

📣 Егер поликлиника тийкарсыз бийкарласа:
- бийкар етиўдиң ҳуқықый тийкарын сораң;
- бас шыпакерге хабарласың;
- зәрүр болса, жоқары турыўшы денсаўлықты сақлаў уйымына шағым етиң.

Ҳуқықларыңызды билиң ҳәм оны қорғаң!

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

Telegram

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ ⚖

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди АбатовТелефон: +998 90 574 44 47Телеграм: @AmangeldiAbatovГруппа: @adillkadvokatigroup

VIEW CHANNEL
2,5200010
Photo
⚡️"ӘДИЛЛИК" АДВОКАТЛЫҚ ФИРМАСЫ ТАШКЕНТ ҚАЛАСЫНДА!

Адвокатлық фирмамыздың жаңа офис мәнзили Ташкент қаласы, Юнусабад районында, Телеминара жанында жайласқан!

Енди Ташкент қаласында да Сизлерге адвокатлық хызметлерин көрсетиўге таярмыз.

⚖️ Ҳәр қандай ҳуқықый мәселелер бойынша биз бенен байланысыўыңыз мүмкин.

"ӘДИЛЛИК" — нызамлы мәплердиң исенимли қорғаўшысы!

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
2,7100022
Photo
❗️Енди тиленшилер 2,2 млн сўмға шекем жәриймаға тартылыўы яки 15 суткаға шекем қамаққа алыныўы мүмкин

Президент қарары менен Өзбекстанда тиленшилик пенен шуғылланыў ямаса адамларды бул иске тартыў ушын жәриймалар көбейтилди.

Тиленшилик пенен шуғылланғаны ушын енди БЕМның 3-5 есеси (1,32 млн-2,2 млн сум) муғдарында жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылады.

Басқа шахсларды тиленшиликке тартқаны ушын болса БЕМның 10-15 есеси (4,4 млн сум-6,6 млн сум) муғдарында жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы белгиленди.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
2,7400017
⚡️Педагоглардың перзентлери ушын контракттан 30 процентке шекем шегирме алыў басланды

Қай жерден арза бериў мүмкин?

Kontrakt.edu.uz сайты арқалы арза бериледи.

Кимлерге бериледи?

Әкеси яки анасы педагог болған, өзи болса мәмлекетлик жоқары оқыў орнының бакалавр бөлиминде күндизги тәлим түринде оқып атырған студентлерге.

Арзаны ким береди?

Студенттиң өзи береди, сайт арқалы. Шәртнама автоматикалық түрде қәлиплеседи.

30 процент қайсы контракттан?

Стипендиясыз контракттен есапланады, сиз стипендиялы контрактқа арза берген болсаңыз да шегирме стипендиясыз контракттен есаплап бериледи.

Педагог жумыс стажи зәрүр ме?

Яқ, әҳмийетли емес, бир күн болса да педагог болып ислесе де алыўы мүмкин.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
6,1400014
Өмирде ҳақыйқатлар менен жасаң ҳәм оларды мудамы қорғаң.

Сени қәдирлейтуғын ҳеш ким болмаса да, ҳүжданың алдында есап бериўден қутыласаң.

Эрнесто Че Гевара

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
3,4200032
⁉️ ЖЕҢИП ШЫҒАМЫЗ БА

Исти утып шығармыз ба, нәтийже болама?

Ҳуқықый жәрдемге келгенлердиң ең көп беретуғын сораўы усы.

Ҳадал адвокат жеңисти ўәде қылмайды, имканиятты қалыс баҳалайды. Себеби суд нәтийжеси ўәделерге емес, нызамға, дәлиллерге ҳәм ис жағдайларына байланыслы.

Адвокат таңлаўда оның тарийхы, тәжирийбеси ҳәм адвокатлық статусын тексериң. Тийкарсыз ўәделерге емес, ҳуқықый дәлиллерге исениң.

Ҳуқықыңыз бузылған болса, бийпәрўа қалмаң. Дәслеп имканиятларыңызды баҳалаң, кейин қарар қабыл етиң.

Жеңисти кепиллеп болмайды. Бирақ ҳуқықыңызды қорғаў имканиятын да қолдан жибермеў лазым.

⚖ Ҳәрекет қылсаңыз унамлы нәтийже болыўы мүмкин, егер ҳуқықыңызды тиклеўге урынбасаңыз нәтийже де болмаслығы анық.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
3,5400023
Photo
⚡️Жәрдемге мүтәж шаңарақларға 1 млн сумнан жәрдем бериледи

Ҳүжжет жойбарларына бола, ноябрьде мүтәж шаңарақларға бир мәртелик 1 млн сумнан жәрдем ажыратылады. Газлестирилмеген аймақларда болса қыста электр энергиясының базалық нормасы 200 ден 350 кВт·саатқа арттырылады.

Соның менен бирге, 1-ноябрьден ысытыў ҳәм ыссы суў ушын жаңа тарифлерди енгизиў, суйылтырылған газдиң баҳасын 1 кг ушын 5 000 сум етип белгилеў усыныс етилмекте. Жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәр бир килограмм ушын 3 000 сумнан, айына 20 кг ға шекем компенсация төленеди.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
3,7300014
Video
🎬 "Деточкин айыплы, бирақ ол айыплы емес..."

Бул тек ғана кино сөзи емес. Бул — бүгинги турмыста да ушырасып туратуғын қурамалы ҳақыйқат.

Гейде нызам алдында наҳақ болған инсан ҳүждан алдында өзин ҳақ деп билиўи мүмкин. Нызамды шетлеп өтиўге мәжбүр болған инсанның артында биз билмеген дәрт, ҳақыйқат яки әдалатсызлық турады.

Бирақ бир нәрсени умытпаў керек: ийгиликли мақсет нызам бузыўшылықты ақламайды, нызам болса инсанның барлық мәнисин бир қылмыс пенен белгилеп бермеўи керек.

Нызам қылмысқа баҳа береди. Ҳүждан нийетти сораўға алады. Әдиллик болса ҳәр екеўин де қалыс баҳалаўды талап етеди.

Себеби өмирде ҳәмме нәрсе ақ яки қара емес. Гейде айыпкердиң де ҳақ сөзи болады, гейде болса өзин ҳақ деп билген инсанның өзи наҳақ болып шығады.

Ең баслысы, ҳақыйқатты жеке көзқараслар менен емес, дәлил, нызам ҳәм ҳүждан менен излеў болып табылады.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
3,5000025
Video
"Ең исенген кадрымды алып келип, билимлендириў министри еттим" — Шавкат Мирзиёев Эркинжон Турдимовты билимлендириў ҳәм илим министри лаўазымына тайынлағаны ҳаққында

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
4,3200077
Photo
Енди ҳәким жәрдемшилери 50 сотихқа шекем бос турған мәмлекетлик көшпес мүлклерди онлайн-буйыртпа тийкарында тиккелей онлайн-аукционға шығарыўы мүмкин.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
5,2300012
⚡️Эркинжон Турдимов денсаўлықты сақлаў системасына да жуўапкер болды

Президент пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң атқарыўшы структурасында Бас министрдиң биринши орынбасары — билимлендириў ҳәм илим министри лаўазымы енгизилди.

Билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери секретариаты шөлкемлестирилди.

Бас министрдиң биринши орынбасары — билимлендириў ҳәм илим министрине республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары — министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекциялардың басшылары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы ўазыйпа ҳәм функцияларды орынлаў бойынша жумысына өз ўәкилликлери шеңберинде улыўма басшылық етиў және олардың жумысын муўапықластырыў ўазыйпасы жүкленди.

Бул бағдарлардағы ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.Ш.Мирзиёеваға жүкленди.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
6,0800079
⚡️Президент пәрманы: Эркинжон Турдимов бас министрдиң биринши орынбасары — билимлендириў ҳәм илим министри лаўазымына тайынланды. Саида Мирзиёеваға тараўдағы жаңа ўазыйпаларды нәтийжели шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды Сондай-ақ, тийисли пәрман менен Министрлер…
5,1600014
Photo
⚡️Президент пәрманы: Эркинжон Турдимов бас министрдиң биринши орынбасары — билимлендириў ҳәм илим министри лаўазымына тайынланды. Саида Мирзиёеваға тараўдағы жаңа ўазыйпаларды нәтийжели шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды

Сондай-ақ, тийисли пәрман менен Министрлер Кабинетиниң атқарыўшы структурасында Бас министрдиң биринши орынбасары — билимлендириў ҳәм илим министри лаўазымы киргизилди. Билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери секретариаты шөлкемлестирилди.

Бас министрдиң биринши орынбасары — билимлендириў ҳәм илим министри республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары — министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекциялардың басшылары және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында өзине жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды әмелге асырыў бойынша жумысына ўәкиллиги шеңберинде улыўма басшылық етиўи, оларды муўапықластырыўы белгиленди.

Усы бағдарлардың орынланыўын қадағалаў ҳәм шөлкемлестириў Президент Администрациясы Баслығы С.Ш.Мирзиёеваға жүкленди.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
6,6700035
Photo
⁉️ Паспортымызда ЖШШИР 14 цифр нени аңлатады

🪪 Көпшилигимиз мәмлекетлик уйымлар ямаса банклерде ЖШШИР (физикалық шахслардың жеке идентификация номери) сораса, паспортымыздағы 14 цифрды көрсетемиз.

❓Бирақ, көпшиликте сораў туўылады: Не ушын әйне усы санлар? Буны компьютер әйтеўир таңлап бере ме?

💬 Жоқ, бул әпиўайы санлар избе-излиги емес! Ол сизиң тәкирарланбайтуғын ҳәм өзгермейтуғын цифрлы шифрыныз.

1️⃣14 цифр ишинде нелер жасырынған?

2️⃣ 1-сан: Жынысыңыз ҳәм туўылған әсириңиз индекси;

3️⃣ Кейинги 6 цифр: Туўылған күниңиз, айыңыз ҳәм жылыңыз;

4️⃣ Оннан кейинги 3 цифр: Туўылған аймағыңыз (қала ямаса район коды);

5️⃣ Кейинги 3 цифр: Системадағы тәртип номериңиз;

6️⃣ Ақырына 1 цифр: Барлық мағлыўматлардың дурыслығын тастыйықлаўшы арнаўлы қадағалаў коды.

🔐 ЖШШИР сийрек ушырасатуғын ҳәм тәкирарланбайтуғын болғаны ушын оны қәлбекилестириў ямаса өзгертиў мүмкин емес. Сол себепли, ол барлық мәмлекетлик, банк ҳәм социаллық хызметлерден (соның ишинде, my.gov.uz порталы арқалы) қәўипсиз ҳәм тез пайдаланыўыңызға бирден-бир гилт ўазыйпасын атқарады.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
7,0000042
Video
Егер пулыңыз болмағанда, ярымыңыз бул жерде болмас единиз, егер таныс-билислериңиз болмағанда ярымыңыз бул жерде отырмас единиз. Егер коррупция болмағанда, бул ханада максимал 10 адам қалған болар еди - Қырғызстан парламенти ағзасы Ерулан Кокулов

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
5,2800028
🏘 Ҳүжжетсиз турақ жайлар бойынша 2027-жылғы хатлаў кестеси тастыйықланды!

Кадастр агентлигиниң мағлыўматына бола, алдын үйиниң ҳүжжети болмаған 218 850 пуқараның ҳүжжетлери рәсмийлестирилди.

2027-жылы хатлаў өткерилетуғын мәҳәллелердиң кестеси менен etirof.kadastr.uz порталы арқалы танысыў мүмкин.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
4,950009
🌿 Өмир сабағы

Бурынлары кеширетуғын едим.

Енди болса ўаз кешиўди басладым.

Инсан жасы менен емес, басынан өткергенлери менен үлкейеди екен.

Өмир мени тәрбиялады — қандай қәдирленсем, сондай қәдирлеўди үйрендим.

💭 Сиз бул жолда не үйрендиңиз?...

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
5,2700049
👨‍⚕Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң перзентлерине контракт суммасының 30 процентине шекемги бөлегин субсидия арқалы қаплап бериў басланды.

Бүгиннен баслап арза тапсырғанлар ҳәм арзасы тастыйықланған хызметкерлердиң перзентлериниң жоқары оқыў орынларына пуллар келип түсе баслады.

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
4,4700016
Азанда турғаныңда, күндиз жүргениңде, түнде уйықлағаныңда ҳеш жериң аўырмаса - соның өзи бахыт!

Денсаўлық - ең үлкен байлық. Қалған барлық нәрсе оннан кейин турады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
4,02000113
Photo
🏆 Пидайы хызметкерлер ушын жақсы жаңалық!

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң интакерлиги, пидайылығы ҳәм хызмет ўазыйпаларын ҳүжданлы орынлаўы енди мүнәсип хошаметленеди.

📌 Әмелдеги тәртипке бола, хызмет ўазыйпаларын инталы ҳәм ҳүжданлы орынлаған мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерине бонус төлемлери шеңберинде жеке үстемелер белгилениўи ҳәм сыйлықлар берилиўи мүмкин.

💰 Ең тийкарғысы - режелестирилген қаржылар шеңберинде бонус төлемлериниң жоқары муғдары шекленбейди.

Яғный, өз жумысына жуўапкершилик пенен қатнас жасайтуғын, интакерлик көрсететуғын ҳәм нәтийже беретуғын хызметкерлер ушын мүнәсип хошаметлеў имканияты кеңеймекте.

⚖️ Жақсы мийнет - итибардан шетте қалмаўы керек!

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
4,7100023

Showing 30 of 78 posts

Reyting

Kirish talab qilinadi

Frequently Asked Questions

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ Telegram kanali nima haqida?+

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ (@adillikadvokati) — tgdio da Matka va lotereya toifasidagi Telegram kanali. Reyting, sharhlar, rang va so‘nggi postlarni ko‘rib, obuna bo‘lishdan oldin qaror qiling. Hozir tgdio da taxminan 23 236 obunachi bor.

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ (@adillikadvokati) kanaliga Telegramda qanday qo‘shilaman?+

tgdio da kanal profilini oching, so‘ng Join / Open in Telegram orqali @adillikadvokati ga bepul obuna bo‘ling.

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ yaxshi Matka va lotereya kanalimi?+

tgdio da qo‘shilishdan oldin ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ reytingi, sharhlari, rangi va postlarini tekshiring. Hozir tgdio da taxminan 23 236 obunachi bor. O‘xshash Matka va lotereya kanallar bilan solishtiring.

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ statistikasi va postlarini qayerda ko‘raman?+

tgdio da @adillikadvokati sahifasini oching: obunachilar statistikasi, rang, reyting va postlar. Stats havolasi o‘sish grafiklarini ko‘rsatadi.